Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығына бағышланды

Быйыл Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 30 жыл толды. Конституция ҳəр бир мəмлекеттиң келбети ҳəм келешегин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған тийкарғы нызам есапланады.   Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, Конституция мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамы болып, инсан мәплери, оның ҳуқықлары, еркинликлери, ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет екенлигин атап өтти.   Сондай-ақ, илажда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары Б.Қтайбеков, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим баслығы Д.Елмуратовлар Конституцияның әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берди. Атап өтилгениндей, Конституция елимиз пуқараларының ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған бас нызам есапланады.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети