Хожели районында кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды

Ҳүрметли Президентимиз Басшылығында “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында халықты қыйнап киятырған машқалаларды шешиў, оларға мүнəсип турмыс шараятларын жаратып бериў мақсетинде кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, үй-жай, мектеп, бақша, медицина, мәденият, спорт объектлери, ишки жоллар, ишимлик суў, электр, газ тәмийнаты ҳәм абаданластырыў менен байланыслы машқалалардың унамлы шешимин табыўда барлық имканиятлар иске салынып, бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилип атыр.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Хожели районында кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде мәжилис өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Барлық министрлик, басқарма ҳәм тараў басшылары, районлық мәкеме-шөлкем басшылары қатнасыўында өткерилген мәжилисте ўазыйпалар белгилеп алынып, секторлар кесиминде республика мәкемелери ҳәм район шөлкемлеринен жуўапкерлер исши топарлар дүзилген ҳалда бириктирилди.

Айтып өтиў орынлы, Хожели районында пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды үйрениў, экономикалық тармақлар ҳәм социаллық тараўларды раўажландырыў, инфраструктура объектлерин жақсылаў мақсетинде ҳәр бир мәҳәлле менен өз алдына ислесиў жолға қойылмақта. Бунда ең баслысы, халқымызды турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети