«Финляндия – Орайлық Азия» парламентлераралық дослық топары баслығы К.Кильюнен басшылығындағы Финляндия парламенти делегациясы Өзбекстан Республикасына болған сапары шеңберинде бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Қабыллаўда Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў, Аралбойы аймағы халқының саламатлығын беккемлеў ҳәм бул бағдарда бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар атап өтилди.
Айтып өтиў керек, Арал теңизиниң қурыўы бизиң дәўиримиздиң ең үлкен экологиялық апатшылықларының бири болды.
Сөйлесиўлерде усы сыяқлы бир қатар пикирлер билдирилип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң БМШ Бас Ассамблеясының 72–сессиясындағы шығып сөйлеўинде дүнья жәмийетшилигиниң итибары және бир мәрте Арал апатшылығына қаратылғаны айтып өтилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Финляндия мәмлекети, «Финляндия – Орайлық Азия» парламентлераралық дослық топары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында өз-ара бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы оғада әҳмийетли екенлигин ҳәм барқулла бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.
Арал бойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фонды жергиликли халықтың турмыс шараятын жақсылаў, аймақтағы апатшылық ақыбетлерин жумсартыў бағдарында шөлкемлестирилген болып, фонд қаржылары есабынан бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети






