Адамлар ертең емес, бүгин өз турмысынан кеўилли жасаўы керек

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Беруний районында болып, районда мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў, абадан турмыс ушын шараят жаратыў, районның социаллық-экономикалық жағдайын көтериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысып, район белсендилери менен өткерилген ушысарсыўда көше бийлеринен келип түскен усыныслар ҳәм машқалаларды сапластырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилген еди.

Усы тапсырмалардың орынланыўын қадағалаў бойынша Жоқарғы Кеңес Аппаратының юридикалық бөлими баслығы А.Атажановты жуўапкер етип бекитилди.

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Беруний районында 15 мың 677  көшпес мулк объектлери елеге шекем мәмлекетлик дизимнен өтпегенлиги, соннан ҳүжжетлери болсада 9 мың 418 көшпес мүлк объектлери мәмлекетлик дизимнен өтпегенлигин сынға алған еди. Болып өткен мәжлис жуўмағы бойынша тастыйықланған 33-санлы баянламада берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, район ҳәкимлиги менен биргеликте  «Тынышлық» АПЖ аймағында пуқаралардың турақ жайларына кадастр ҳүжжетин рәсмийлестириў жумыслары әмелге асырылмақта.

Бунда пуқаралар ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде  кадастр агентлиги бөлими, қурылыс бөлими, мәмлекетлик хызметлер орайы, районлық архив ҳәм банк хызметкерлери қатнасында дүзилген топар «Тынышлық» АПЖ аймағына барған ҳалда көшпели хызметлер көрсетпекте.

Әлбетте, адамлар ертең емес, бүгин өз турмысынан кеўилли жасаўы керек. Елимиздеги алып барылып атырған барлық реформалар, ийгиликли әмеллер усы принцип тийкарында әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети