Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкими Мойнақ районын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша районда әмелге асырылған жумысларды барып көрди

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар тийкарында Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги Мойнақ районына бириктирилип, районды социал-экономикалық раўажландырыў илажларын әмелге асырыў, халыққа ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде жергиликли бюджеттиң қосымша қорлары ҳәм нызамшылыққа туўра келетуғын басқа дәреклер есабынан қаржылай жәрдем көрсетиў жумыслары шөлкемлестирилди.

Усы тийкарда Ташкент ўәлаяты ҳәкими З.Мирзаев басшылығында ўәлаят белсендилери ҳәм тийисли тараў ўәкиллери Қарақалпақстан Республикасына келип, Мойнақ районында ўәлаят қәўендерлигинде әмелге асырылған жумыслар менен танысты.

Дәслеп мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев күтип алды. Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкими биргеликте Мойнақ районы Қазақдәрья аўылында орынланған режелер, соның ишинде социаллық объектлерде әмелге асырылған жумысларды барып көрди.

Буннан соң Мойнақ районындағы иске қосылған бир қатар объектлер де көзден өткерилди.

Сондай-ақ, Қазақдәрья аўылы аймағында шөлкемлестирилген шарўашылық комлекси жумыслары менен танысты.

Айтып өтиў орынлы, Ташкент ўәлаяты ҳәм Мойнақ районы ҳәкимликлери менен бирге 77 объект бойынша жәми 32 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў жумысларын әмелге асырыў бағдарында “Жол картасы” ислеп шығылды.

Сондай-ақ, Халық депутатлары Ташкент ўәлаяты Кеңесиниң қарарлары ҳәм ўәлаят ҳәкиминиң тийисли бийликлери тийкарында ўәлаят жергиликли бюджетинен усы илажлар ушын жәми 16 млрд. 500 млн сум қаржы ажыратылған.

Соннан, улыўма билим бериў мектеплеринде қурылыс-оңлаў ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў жумысларын әмелге асырыў бегиленип, “Қазақдәрья” АПЖдағы 15-санлы мектеп ҳәм “Бозатаў” АПЖ Қаражар аўылындағы 9-санлы мектеп филиалында капитал оңлаў жумыслары алып барылды. Райондағы барлық мектеплер толық спорт инвентарлары менен тәмийинленди. Ҳәзирги ўақытта “Үш сай” АПЖдағы 4-санлы ҳәм “Дослық” МПЖдағы 5-санлы мектеплердиң спорт залларын қурыў жумыслары даўам етпекте.

Соның менен бирге, Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў, оңлаў ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў жумыслары бойынша да режелер белгиленип, ҳәзирги ўақытта “Бозатаў” АПЖ “Қыпшақдәрья” аўылындағы 50 орынлы МШБМ қурылыс жумыслары, “Тик өзек” АПЖдағы 12-санлы МШБМны күнделикли оңлаў жумыслары толық жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.

Денсаўлықты сақлаў мәкемелери бойынша да бир қатар жумыслар, соннан, районлық медицина бирлеспесине медициналық үскенелерин жеткерип бериў, Медицина бирлеспесиниң тез жәрдем бөлимин қурып питкериў, кем тәмийинленген шаңарақлар ағзаларының медициналық операциялары ушын қаржы ажыратыў жумысларын әмелге асырыў белгиленип, ҳәзирги ўақытта бир қатар жумыслар орынланды.

Қурылыс, абаданластырыў ҳәм басқа мәселелер ушын жол картасына тийкар район орайы ҳәм “Ҳәким ата” АПЖда китап фондына бай китапхана биняд етилди. Райондағы барлық МШБМлерине суў филтрлерин орнатыў, көп ханалы турақ-жайларды шиферлаў, ҳәр бир мәҳәлледе футбол майданшаларын қурыў жумыслары жуўмақланды. “Қазақдәрья” АПЖда 4,5 км ҳәм “Тик өзек” АПЖда 3 км ишки жолларды күнделикли оңлаў жумыслары орынланды.

Ўәлаят жергиликли бюджетиниң резерв фонды қаржылары есабынан район орайында “Жаслар бағы” шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен 2022-2023-жылларда жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде бир қатар жойбарларды турмысқа енгизиў белгилеп алынған. Бир қатар шаңарақлар социаллық жақтан қоллап-қуўатланып, оларға хожалық буйымлары берилди.

Соның менен биргеликте, Мойнақ районы турғынлары саламатлығын беккемлеў мақсетинде Ташкент ўәлаяты санаториясында емлениўин шөлкемлестириў, бир қатар социаллық объектлерди қурып пайдаланыўға тапсырыў, мойнақлы наўқасларды медициналық емлеў жумыслары әмелге асырылыўы белгиленген.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тапсырмаларға тийкар, Қарақалпақстан Республикасы, соның ишинде Мойнақ районы халқының турмыс дәрежесин жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматын асырыў бағдарындағы әмелий жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети