Бүгин Германия мәмлекетиниң “Globogate Concept AG” шөлкеми директоры Йоханнес Мейер, «Globogate Recruiting» компаниясының Өзбекстандағы жойбарлар бойынша үлкен директоры Гульнара Салимова Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаевтың қабыллаўында болды.


Қабыллаўда “Globogate Concept AG” шөлкеми ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери көрип шығылып, онда Қарақалпақстан Республикасының бир қатар қәнигелериниң Германия мәмлекетинде тәжирийбе арттырыўы ушын мүддетли жумыс пенен тәмийинлеў, медицина, соның ишинде мийирбийкелердиң тәжирийбесин арттырыў, оларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, Германия мәмлекетиниң тәжирийбелери тийкарында маманлығын жетилистириў мәселелери сөз етилди.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шөлкем менен бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы оғада әҳмийетли екенлигин атап өтти.


Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев мийманлардың келиўинен миннетдар екенлигин билдирип, бирге ислесиўди жолға қойыўда жаңа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынлығын айтып өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




