Усы жылдың 28-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев басшылығында Халық билимлендириў тараўы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Өткерилген ушырасыўда бүгинги күнде тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар, жетискенликлер, соның менен бирге машқалалар ҳаққында сөз етилди.
Атап өтиў орынлы, сонғы жылларда елимизде оқытыўшылар ҳәм муғәллимлердиң абыройын арттырыў, оларға өзлериниң жумысларынан тысқары ўазыйпалар жүклениўиниң алдын алыў, сондай-ақ, жоқары нәтийжелерге ерисип атырған муғәллимлер ҳәм тараў ўәкиллерин хошаметлеп барыў сыяқлы бир қатар жумыслар әмелге асырылып атыр.
Соны да атап өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 25-август күнги 472-санлы Қарары тийкарында Республикамыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде Кейтеринг тийкарында саламат аўқатландырыў системасын шөлкемлестириў белгиленген болып, бул бағдардағы жумысларды турмысқа енгизиў жумыслары алып барылып атыр.
Өткерилген ушырасыўда районлық халық билимлендириў бөлимлери ҳәм мектеп директорлары тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар тыңланып, ашық-айдын сәўбетлесилди.



Соның менен бирге жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев тәрепинен анық тапсырмалар берилди.



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




