Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенати қарары менен Президенттиң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы Қарарының орынланыўын қадағалаў сенаторларға жүкленген.
Бүгин 2022-жыл 24-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенати ағзасы Орал Атаниязова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Тәжибай Романов Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарары тийкарында Хожели районында әмелге асырылатуғын жойбарлар менен танысты.
Соның менен бирге қарар тийкарында әмелге асырылатуғын жойбарлардың әхмийетин халқымызға кеңнен түрде түсиндириў мақсетинде “Жаңақоңырат” МПЖ турғынлары менен ушырасыў болып өтти.
Президенттиң ПҚ-408-санлы қарары менен МПЖ турғынлары ушын 2023-жылы жаңадан ишимлик суў тармақларын тартыў белгиленген болып, бүгинги күнде тендер таңлаўына қойылған.
Соның менен бирге, сенатор О.Атаниязова усы МПЖ турғынларының пикир-усынысларын тыңлады ҳәм мүрәжатлар қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




