Халқымыздың қос жулдызы” атамасында көркем әдебий кеше болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музикалы театрында белгили шайыр, жазыўшы, драматург, мәмлекетлик ғайраткер Әмет Шамуратовтың 110 жыллығы,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Айымхан Шамуратованың 105 жыллығына арналған “Халқымыздың қос жулдызы” атамасында көркем әдебий кеше болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, қарақалпақ миллий мәденияты, көркем өнери ҳәм әдебиятының раўажланыўында, оның бүгингидей дәрежеге ерисиўинде усы тараўларда жанкүйерлик пенен мийнет еткен халқымыздың әдиўли перзентлери Әмет ҳәм Айымхан Шамуратовалардың тутқан орны ҳаққында атап өтти.

Сондай-ақ, Әмет ҳәм Айымхан Шамуратовалардың мийрасын халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўда ҳәм көркем-өнер тараўын раўажландырыўда қосқан үлеси ушын Шамуратова Айымгүл Әметовнаға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси атынан “Ўатан пидайысы” көкирек белгиси тапсырылды.

Атап өтилгениндей, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик искер Әмет Шамуратов өзиниң бар билимин, инта-жигерин елимиздиң мәденият, илим, билимлендириў тараўларын раўажландырыўға бағышлады. Оның өткир қалеминен дөреген шығармалар, пьессалары ана Ўатанға муҳаббат, халыққа аянбай хызмет етиўдей уллы сезимлер менен  суўғарылған болып, халқымыздың  бийбаҳа ғәзийнесине айланды.

Өмирлик жолдасы, халқымыздың бүлбилзибан қосықшысы, талантлы сахна шебери Айымхан Шамуратова менен халық ийгилиги жолында аянбай мийнет етти. Өзиниң йошлы қосықлары, өлмес образлары менен халқымыздың кеўлинен терең орын ийелеген, 60 жылдан аслам дөретиўшилик майданында мийнет еткен Айымхан Шамуратованың атын халқымыз үлкен ҳүрмет пенен тилге алады.

Өткерилген илажда пидайы инсанлардың мине усындай жоқары пазыйлетлери айрықша тилге алынды.

Илаж көркем-өнер тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети