Сенатор ҳәм депутатлар қатнасыўында 408-санлы Президент қарарының мазмун-әҳмийетине арналған ушырасыў өткерилди

Аймақларды абаданластырыў, аўыл ҳәм мәҳәллелерде инфраструктура менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди системалы сапластырыў, атап айтқанда ишки жоллар, ишимлик суўы, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты сыяқлы инфраструктура объектлерин жақсылаў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў мәденият, спорт ҳәм басқада объектлерди оңлаў, усы тийкарда пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь сəнесиндеги ПҚ-408-санлы “2022–2023-жылларда мəҳəллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққындағы”ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ушын 293,7 млрд.сум ажыратылды.

Қарардың әҳмийетин, онда көрсетилген жаңалықларды кеӊ жәмийетшилике жеткериў мақсетинде сенаторлар менен депутатлар тәрепинен орынларда ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилмекте.

Гезектеги ушырасыў Нөкис қаласы ҳәкимлигинде болып өтип, оған Олий Мажлис Сенаты ағзасы У.Жалменов, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеӊесиниӊ депутатлары, мәкеме, кәрхана шөлкемлердиӊ басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда 408-санлы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасының аўыл ҳәм мәҳәллелеринде инфраструктура менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди сапластырыў бойынша анық белгилеп алынған мақсетли қаржылар ҳәм бул бойынша әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар ҳаққында сөз етилип, бул бағдарда ҳәр бир ажыратылған сўмманың мақсетли жумсалыўын тәмийнлеў, әмелге асырылыўы тийис жумыслардың сапалы жүргизилиўин турақлы қадағалаў зәрүрлиги атап өтилди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети