Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районының социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Кегейли районында болды.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны турғыны, 1-топар майыбы Аўезов Нарбайдың ҳалынан хабар алып, оның жасаў шараяты менен жақыннан танысты. Қәстеге шыпа тилеп, оның үйи көзден өткерилди. Район ҳәкимине Аўезов Нарбайдың мүтәжликлерин питкериў, оған ҳәр тәреплеме ғамхорлық көрсетиў, денсаўлығы, турақ-жайы менен байланыслы машқалаларға толайым шешим табыў бойынша тапсырма берип, бул жумысларды жеке өзи қадағалаўға алатуғынлығын билдирди.



Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы белгиленген мүддеттен өтип кетсе де, еле қурылыс жумыслары питпеген объектлерге барып көрди. Соннан, 69-санлы Шаңарақ поликникасы жанындағы наўқаслар стационар шараятта емленетуғын 24 орынға арналған районлық медицина бирлеспеси филиалы, Кегейли районлық медицина бирлеспеси имараты, Ақтуба АПЖдағы 90 орынға арнап қурылып атырған балалар бақшасы ҳәм Жаслар орайы имараты қурылысы көзден өткерилди.



Халқабад посёлка пуқаралар жыйынындағы шаңарақ поликлиникасына тис емлеў ханасы ушын керекли үскенелер, наўқаслар ушын 2 дана музлатқыш берилетуғын болды. Соның менен бирге поликлиниканы толық реконструкциялаў ушын қаржы ажыратылды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Ақтуба АПЖдағы 90 орынға арнап қурылып атырған балалар бақшасы қурылысшысы менен ушырасып, «Егер қурылыс өз мүддетинде питкерилгенинде 90 бала ҳәзир үйинде емес ал, заманагөй бақшада тәрбияланып атырған болар еди» – деп атап өтти.
Қурылыс жумысларын сапалы түрде жуўмақланыўын тәмийинлеў ҳәм кешиктирилген ҳәр бир күн ушын жаза шарасын белгилеў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы Кегейли районы белсендилери, министрлик ҳәм шөлкемлер, районлық мәкеме басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.


Мәжилисте халықтың разылығын тәмийинлеў, олардың турмысында ушырасып киятырған машқалаларға шешим табыў, районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, бул бағдардағы айырым тараў басшылары тәрепинен жол қойылып атырған кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Районда алып барылған үйрениў жумысларында бюджеттен ажыратылған қаржылар бойынша финанслық қәте-кемшиликлерге жол қойылып, мақсетсиз жумсалыў жағдайлары, қурылыс тараўында ажыратылған қаржыларды талан-тараж етиў, қосып жазыўлар, сондай-ақ, белгиленген мүддеттен артта қалыў жағдайлары көп ушырасып атырғанлығы, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жеңиллетилген кредит қаржыларын мақсетсиз жумсаў жағдайлары анықланған ҳәм бул кемшиликлер Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен сынға алынды.



Сондай-ақ, социаллық тараўда да бир қанша кемшиликлер анықланған болып, мектеплерде оқыўшылардың жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши ҳәм балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алыў дәрежесиниң төменлиги, 3-8-9-санлы мәмлекетлик балалар бақшаларында таўық гөши, мәйек, сок, сары май ҳәм басқа да бир қатар өнимлер яғный, балалар несийбесин талан-тараж етиў жағдайлары, район аймағындағы мектеплердиң басланғыш (1-4) класс оқыўшыларын бийпул азық-аўқатлық өнимлери менен тәмийинлеў нәтийжели шөлкемлестирилмегенлиги, пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў қанаатландырарлы жолға қойылмағаны атап өтилди.

Өткерилген мәжилисте анықланған қәте-кемшиликлер ҳәм нызамбузыўшылық жағдайлары бойынша тийисли тараў ўәкиллерине қадағалаўға алыў ҳәм зәрүр жағдайда қатаң шара көриў бойынша анық тапсырмалар берилди.


Жоқарыда атап өтилген үлкен қәтеликлерге жол қойып, өзиниң хызмет ўазыйпасына ҳәм билдирилген исенимге немқурайдылық пенен қараған район ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары, районлық халық бәнтлигине көмеклесиў орайы баслығы, Ҳәким жәрдемшилери менен ислесиў орайы баслығы ийелеп турған лаўазымынан босатылды.
Район ҳәкиминиң финанс-экономика ҳəм кəмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары, аўыл хәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, халық билимлендириў бөлими баслығы интизамый жазаға тартылып, мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығының лаўазымына ылайықлылығы мәселеси көрип шығылатуғын болды. Сондай-ак, район ҳәкиминиң орынбасары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бɵлими баслығы жол қойған кемшиликлерин сапластырыў бойынша ескертилди.
Соның менен бирге Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын қаратылып атырған итибар нәтийжесинде республикамызда алып барылып атырған ийгиликли ислерге де тоқталып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 408-санлы қарары менен Қарақалпақстанда 2022-2023-жылларда 252 мәҳәлледе жәми 259 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 293,7 млрд.сўмлық қаржылар ажыратылтуғынлығы, соның ишинде, тек ғана Кегейли районы бойынша 12 проектте 6 млрд. 922 млн.сўмлық ишимлик суў тармақларын жаңадан қурыў, ишки жолларды реконструкциялаў жумыслары алып барылатуғынлығын атап өтти.
Мажилис жуўмағында жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 12 млрд 334,4 млн.сўм муғдарында қосымша қаржы ажыратылатуғынлығы айтып өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




