Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди

Усы жылдың 19-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы З.Реймова кирис сөз бенен ашып берди.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасындағы конституциялық нызамлылықтың жағдайы ҳәм комитет жумысларын жүргизиў әмелиятын улыўмаластырыў нәтийжелери ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының мәлимлемеси, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигинде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылған жумыслардың орынланыў барысы ҳаққында Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң есабаты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында усы жылдыӊ 10 айы даўамында жүз берген жол транспорт ҳәдийселериниӊ себеплерин үйрениў, анализлеў ҳәм олардың алдын алыўға қаратылған илажлар бойынша аймақлық комиссиясының есабаты тыңланды.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетине ағза депутатлары менен бирге бир қатар тараўлардың жуўаплы хызметкерлери сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилген мәселелер бойынша усыныслар берилип, бул жумыслар турақлы түрде Жоқарғы Кеңес тәрепинен қатаң қадағалаўға алынып, көрип шығылатуғынлығы белгиленди.

Соның менен бирге «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының күн тәртибиндеги жойбары көрип шығылды.

Бунда Нызам жойбарына муўапық 9  Нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылыўы белгиленип, депутатлар тәрепинен додаланды.

Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер толығы менен қарап шығылып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети