Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районының социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы район аймағындағы Бостан мәҳәллесинде жайласқан қурылыс жумыслары белгиленген графиктен артта қалып атырған Қоңырат районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебин барып көрди. Жоқарғы Кеңес Баслығы спорт мектеби қурылысы өз ўақтында жуўмақланғанда 5 жөнелис бойынша балалар спорт пенен шуғылланыў мүмкиншилигине ийе болыўы мүмкинлигин атап өтип, бул бойынша тийисли тараў ўәкиллерине қатаң тапсырмалар белгилеп берди ҳәм ең баслысы қурылыс жумысларын сапалы түрде жуўмақлаў бойынша ўазыйпалар берилди.


Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районының белсендилери, сондай-ақ, барлық министрлик, басқарма, шөлкем ҳәм районлық мәкеме басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.

Өткерилген мәжилисте район халқының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдардағы айырым тараў басшылары тәрепинен жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Қоңырат районында айырым тараўлар соның ишинде қурылыс бағдарында бир қанша қәте-кемшиликлерге жол қойылған. Атап айтқанда, райондағы Санаат ҳәм Жайхун көшелерин абаданластырыў, пиядалар ҳәм велосипед жоллары қурылысы, “Қыпшақ” мәҳәллесиндеги 24-санлы мектептиң реконструкция жумыслары, усы пуқаралар жыйынында жаңадан балалар бақшасы имаратын қурыў сыяқлы бир қатар қурылысларда орынланбаған жумысларға қосып жазыўларға жол қойылған.
Сондай-ақ, айырым ҳәким жәрдемшилери тәрепинен пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың өз исбилерменлигин жолға қойыўы ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген кредит қаржыларын мақсетсиз жумсап жибериў жағдайлары анықланған.
Жоқарғы Кеңес Баслығы бул нызам бузыўшылықларды қатаң сынға алды.

Мәжлисте район ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары өз ўазыйпасын атқарыўдағы кемшиликлер ушын ийелеп турған лаўазымынан азат етилди, район ҳәкиминиң финанс-экономика ҳəм кəмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарына интизамий жаза шарасын қоллаў бойынша тапсырма берилди. Соның менен бирге, 22 ҳәким жәрдемшисиниң жумысларындағы кемшиликлерди ҳәр тәреплеме үйренип, ҳуқықый баҳа бериў бойынша Республика прокуратурасына тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, районда бюджет қаржыларын талан-тараж етиў, банклер тәрепинен финанслық ойынларға жол қойыў, бир қатар тәмийнатшылар тәрепинен жеңиллетилген кредит қаржыларын өз мәпи ушын нақластырып жумсап жибериў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги жумысларды талап дәрежесинде алып бармаў, ишимлик суў, газ, электр тәмийнаты, транспорт хызмети сыяқлы бир қатар тараўлар қатаң сынға алынды. Соның менен бирге, пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў де талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди.
Мәжилисте исши топар тәрепинен үйренилген райондағы мәмлекетлик ҳәм шаңарақлық бақшалар жумысларына да тоқтап өтилди.
Соннан, 27-санлы мәмлекетлик балалар бақшасында гөш, сүт, ун сыяқлы өнимлер өлшеми аз екенлиги, асхана санитариялық қағыйда ҳәм нормаларға жуўап бермеслиги, түслик аўқатқа салыныўы белгиленген гөш өними нормадан еки есе кем екенлиги, соның менен бирге, “Наўайы” мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан 25-санлы балалар бақшасында санитариялық тазалық жумыслары сапасыз екенлиги, райондағы “Юндеркайндс ин Кунград”, “Уорлд Дисней”, “Золотая рыбка”, “Плей рум”, “Дисней”, “Остров мечти”, “Страна волшебная”, “Хаппи бейби Кунград”, “Кунград фламинго”, “Бахтли болалик” сыяқлы бир қатар шаңарақлық бақшаларда өрт қәўипсизлиги қағыйдалары сақланбағанлығы сынға алынып, Жоқарғы Кеңес Баслығы ең ишинде балалардың несийбеси болған азық-аўқат өнимлери жеп жиберилип атырғанлығы оғада ашынарлы жағдай екенлигин тилге алды ҳәм бақша баслықларына қатаң шара көриў бойынша тийисли уйымларға тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў мақсетинде ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында тастыйықланған мәнзилли бағдарламаға тоқталып өтти.
Бул бағдарлама бойынша Қарақалпақстанда 2022-2023-жылларда 252 мәҳәлледе жәми 259 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 293,7 млрд.сўмлық қаржылар ажыратылмақта. Соның ишинде, тек ғана Қоңырат районы бойынша 25 жойбарда 28 млрд. 109 млн.сўмлық реконструкциялаў, қурылыс-оңлаў ҳәм суў тармақларын тартыў жумыслары әмелге асырылады.
Атап айтқанда, райондағы 15 мәҳәлледе 22 млрд. 139 млн сўмлық 61,3 километрлик ишки жолларды реконструкциялаў жумыслары алып барылады.
“Тарақлы” ҳәм “Моншақлы” пуқаралар жыйынлары аймағында жәми 600 млн.сўмлық 2,4 километрлик ишимлик суў тармақларын жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары, “Жаслық” посёлкасы ҳәм “Темир жол” мәҳәллесинде 350 млн сўмлық 2 дана трансформаторды жаңадан қурыў ҳәм капитал оңлаў жумыслары алып барылып, “Қырыққыз” посёлка пуқаралар жыйыны административлик имараты жаңадан қурылатуғынлығы атап өтилди.
Мәжилисте бир қатар тараў басшылары ҳәм тийисли уйымларға район аймағында қатаң қадағалаў жүргизиў, зәрүр жағдайда қәте-кемшиликлерге жол қойған лаўазымлы шахсларға жуўапкершилик белгилеў бойынша тапсырма берди ҳәм бул жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў, тапсырмаларды қадағалап барыў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығының кеңесгөйи Б.Ажиниязовты Қоңырат районына бекитти.
Мәжилис соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев быйылғы жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 15,7 млрд. сўмлық қаржы ажыратылатуғынлығын атап өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




