Мәмлекетлик грант бойынша қабыл етилген жойбарлар комиссия мәжилисинде көрип шығылды

16-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында Жоқарғы Кеңес жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы, Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясының баслығы Д.Қурбаниязов ашты ҳәм алып барды.

Мәжилис күн тǝртибинде Жоқарғы Кеӊес жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен “Мәҳәллелерде абаданлықты тәмийинлеў, саламат турмыс тәризин, медициналық ҳәм экологиялық мәдениятын арттырыў” атамасында мәмлекетлик грант ушын жәрияланған 5-таңлаўға қабыл етилген жойбарларды комиссия мәжилисинде көрип шығыў,  жуўмақланған жойбарлардың мониторингин ҳәм қадағалаўын өткериў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Комиссия ағзалары тәрепинен келип түскен жойбарлар көрип шығылып, олардыӊ мазмуны, тийкарғы мақсетлери, әмелге асырыў механизмлери ҳәм күтилип атырған нәтийжелери додаланды.

Күн тǝртибиндеги мәселелер бойынша комиссия ағзалары өзлериниӊ пикир ҳəм усынысларын билдирди.

 

 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети