Усы мүнәсибет пенен Мойнақ районы ҳәкимлигинде мәжилис болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев, Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибеков, сектор басшылары ҳәм мекеме, кәрхана басшылары қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев Дүйсенбаев Жадигер Шегебаевичти таныстырды ҳәм алдағы жумысларына табыслар тиледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




