Президент пәрманы менен Худайбергенов Турсинхан Айдарович Президенттиң Аралбойы регионын турақлы раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымына тайынланды.

Усы мүнәсибет пенен Президенттиң пуқаралар ҳуқықларын қорғаў ҳәм мүрәжатлар менен ислесиў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымынан азат етилди.

Соның менен бирге Худайбергенов Турсинхан Айдарович Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымындағы искерлигин даўам еттиреди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети