Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районында болды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районының социал-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы қурылыс жумыслары белгиленген графиктен артта қалып атырған 27-санлы мектеп имараты ҳәм 33-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми менен жақыннан танысты. Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы 400 орынлы мектеп имараты қурылысы өз ўақтында жуўмақланғанда оқыўшылар  жыллы мектепте оқыў мүмкиншилигине ийе болыўы, бақша қурылысында болса қурылысшы өзине билдирилген исенимге немқурайдылық пенен қарамай белгиленген графикте қурылысты тапсырғанында 50 ден аслам бала мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине қамтып алынатуғынлығын атап өтип, бул бойынша тийисли тараў ўәкиллерине қатаң тапсырмалар белгилеп берди ҳәм ең баслысы қурылыс жумысларын сапалы түрде жуўмақлаў бойынша ўазыйпалар берилди.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районының белсендилери, мәкеме басшылары, сондай-ақ, барлық министрлик, басқарма ҳәм шөлкем басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.

Өткерилген мәжилисте район халқының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдардағы айырым тараў басшылары тәрепинен жол қойылып атырған кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.

Сын көз қараста өткерилген мәжилисте атап өтилгениндей, көпшилик орынларда ҳәмде айырым тараўларда бир қатар кемшиликлер ушыраспақта.

Ҳақыйқатында да, бюджеттен ажыратылған қаржылар бойынша финанслық қәте-кемшиликлерге жол қойылып, мақсетсиз жумсалыў жағдайлары да ушырасып атырғанлығы сыр емес.

Үйрениўлер даўамында Әмиўдәрья районында бундай бир қанша нызамбузыўшылықлары анықланған.

Соннан, қурылыс жумысларында орынланбаған жумыслар ушын есабатларға қосып жазыўлар, бюджет қаржыларын талан-тараж етиў, мәмлекет тәрепинен ажыратылған жеңиллетилген кредитлердиң мақсетли жумсалыўы бойынша да қәте-кемшиликлер, жалған ҳүжжет таярлап, кредит қаржыларын өзлестирип жибериў, райондағы банклер тәрепинен қылынған түрли финанслық ойынлар, пулларды нақластырып өзлестирип жибериў жағдайлары ушырасып атырғанлығы қатаң сынға алынды ҳәм тийисли тараў ўәкиллерине бул унамсыз жағдайларды сапластырыў илажларын көриў тапсырылды.

 

Сондай-ақ, пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиўде де төмен көрсеткишлер бар екенлиги, тийкарынан аймақ турғынлары социаллық қоллап-қуўатлаў, коммуналлық хызмет, турақ-жай менен тәмийинлеў, ишки жолларды оңлаў ҳәм газ тәмийнаты менен байланыслы мүрәжат еткенлиги ҳәм басым көпшилиги өз шешимин таппай атырғанлығы атап өтилди.

Соның менен бирге, билимлендириў, жаслар менен ислесиў, транспорт хызмети, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, өнимлерди экспортқа шығарыў ҳәм басқа да бағдарларда артта қалыўлар бар екенлиги атап өтилип, тараў басшыларына сапластырыў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилди.

 

Мәжилис соңында Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен быйылғы жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 20 млрд. 855,3 млн.сўмлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети