Бүгин “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогы” ойынларының финал басқышы болып өтти.
Соӊғы жылларда елимизде барлық тараўлар қатарында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, халықты, әсиресе, жасларды спортқа кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кеӊ көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар хызметкерлери арасында да саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, спорт ойынларына оларды кеңнен тартыў илажлары даўам еттирилип, бул басламалар шеңберинде спорттың мини футбол түринен “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогы” шөлкемлестирилген еди.
Бүгинги болып өткен финал ойынларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев кирис сөз бенен ашып берди.
Спорт жарысларында республикамыздың барлық министрлик, басқарма ҳәм басқарыў уйымларынан командалар қатнасып, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлиги командалары финал басқышына жетип келди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы командалары 3-орын ушын күш сынасты.


Ойынлар жуўмағына бола Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси командасы 3-орын ийесине айланды. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мүнәсип ойын көрсетип сыйлы 2-орынды ийеледи.
Жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы командасы ағзаларына белсене қатнасқаны ушын планшет, 3-орынды ийелеген Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси командасы ағзаларына медаль, компютер ҳәм 20 миллион сўм қаржылай сыйлық, 2-орынды ийелеген Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер Министрлиги командасы ағзаларына медаль, кондиционер ҳәм 30 миллион сўм қаржылай сыйлықлар тапсырылды.


Кескин беллесиўлерге бай болған финал ойынында Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлиги командасы теңсиз деп табылып, “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогы”н жеңип алды.
Жеңимпазларға сондай-ақ, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогы” медалы, телевизор ҳәм 50 млн сўм қаржылай сыйлықлар тапсырылды.




Сыйлықлаў мәресиминде «Ең жақсы футболшы», «Ең жақсы дәрўазаман», «Ең көп гол урған ойыншы» номинациялары бойыншада жеңимпазлар сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




