Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен Нөкис районындағы қурылыс жумыслары белгиленген мүддетлерде жуўмақланбақта

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районының социал-экономикалық жағдайы, район халқының абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы жумысларда артта қалыўларды сынға алып, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў мəселелери бойынша комитети баслығы З.Реймованы Нөкис районына жуўапкер етип бекиткен еди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде З.Реймова тәрепинен бир қанша жумыслар алып барылды.

Мәселен, «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 19-санлы мектепке 240 орынға мөлшерленген қосымша имарат қурыў жумыслары әмелге асырылыўы белгиленген болып, қадағалаўлар нәтийжесинде мектеп имаратының қурылысы ҳәзирги ўақытта толық жуўмақланыў алдында ҳәм мектепке керекли инвентарлар алып келинген. Қысқа ўақыт ишинде мектептиң жаңа қосымша имараты пайдаланыўға тапсырылыў алдында тур.

Соныда атап өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районына болған сапары даўамында райондағы қурылыс жумысларының мүддетинен артта қалып атырғанлығын қатаң сынған алып, тараў жуўапкерлери ескертилген еди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети