Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районының социал-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы қурылыс жумыслары жуўмақланбаған объектлерди барып көрди. Райондағы 2 ҳәм 4-санлы балалар бақшаларының қурылыс жумыслары белгиленген графиктен артта қалып атырған болып, тапсырылыўы мүддетинен өтип кеткен. Жоқарғы Кеңес Баслығы бул бойынша қадағалаўға алыў ҳәм тийисли шараларды көриў, сондай-ақ, қурылыс жумысларын жеделлестириў ҳәм ең баслысы сапалы етип тапсырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.


Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районының белсендилери, сондай-ақ, барлық министрлик, шөлкем ҳәм районлық мәкеме басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.



Өткерилген мәжилисте халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдардағы айырым кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Онда районда бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, ажыратылып атырған жеңиллетилген кредитлердиң ҳәким жәрдемшилери тәрепинен мәнзилсиз жумсалғанлығы, қурылыс-оңлаў, абаданластырыў жумысларында ушырасып атырған кемшиликлер атап өтилип, бул бағдарда тийисли тараў ўәкиллери немқурайлық пенен қарап атырғанлығы сынға алынды.





Буннан тысқары, бюджет қаржыларының жумсалыўында қосып жазыўлар, жеңиллетилген кредитлердиң биймақсет жумсалыўы, билимлендириў тараўындағы айырым кемшиликлер, инвестициялық бағдарламалар ҳәм Президент сапары даўамында берилген тапсырмалар тийкарында әмелге асырылыўы керек болған қурылыс-оңлаў жумысларында артта қалыўшылық жағдайлары бар екенлигине айрықша тоқталды.
Сондай-ақ, мәжилисте анықланған кемшиликлер бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилип, анық мәнзилли мүддет ишинде сапластырыў ўазыйпасы белгилеп алынды.


Болып өткен мәжилис соңында быйылғы жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеў мақсетинде жәми 6 млрд. 733,9 млн. сўмлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




