Тақыятас районында Мәмлекетлик хызметлер орайы имараты пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин Тақыятас районында Тақыятас районы Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў сапасын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған унамлы жумыслар ҳаққында атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги “Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң анық бағдарлары белгилеп берилген болып, бүгинги күнде мәмлекетлик хызметлердиң ҳәр бир түри бойынша “Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекет етеди” өлшеми тийкарында жумыслар жолға қойылған.

Усы тараўдың раўажланыўы нәтийжесинде Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы пуқараларға көрсетилип атырған хызметлер саны 238 ге жетти.

Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратында жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети