Кәсиплик аўқамлары күни кең түрде белгиленди

Бүгин «Кәсиплик аўқамлары – Инсан қәдири ушын» атамасындағы байрам кешеси болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасып, елимизде инсан қәдири ушын принципи тийкарында алып барылып атырған кең көлемли реформаларға тоқталып өтти ҳәм бүгинги байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң кәсиплик аўқам белсендилерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң көкирек белгилери ҳәм ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Соның менен бирге, «Ең жақсы сектор баслығы», «Ең жақсы мәҳәлле баслығы», Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси», «Ең жақсы жаслар жетекшиси», «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» ҳәм «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» таңлаўларының Өзбекстан Республика басқышында мүнәсип қатнасып келген белсендилерге де баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Мағлыўмат орнында айтыў керек, жақында усы таңлаўлардың Өзбекстан Республикасы басқышы болып өткен еди ҳәм онда «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» номинациясы бойынша Беруний районы “Қызылқала” аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Нуримбетова Наргиза  сыйлы 1-орынды ийелеп  «Lacetti» Gentra автомашинасы, «Ең жақсы жаслар жетекшиси» номинациясы бойынша Өзбекстан Республикасы Жаслар агентлиги Қоңырат районы бөлиминиң “Мыңжарған” мәҳелле пуқаралар жыйынындағы жаслар жетекшиси Мамбетярова Улбосин Мусатдин қызы сыйлы 2-орынды ийелеп, «Cobalt» автомашинасы менен сыйлықланған еди.

Байрам илажы даўамында көркем-өнер тараўы хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети