Елимизде ҳәр бир инсан итибарда. Усылар қатарында нураныйларымыз да барқулла дыққат итибарда болып, олардың ҳалынан хабар алынып атыр. Сондай-ақ, олардың ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде бир қанша илажлар шөлкемлестирилмекте.
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’ZLIDEP фракциясы ағзасы, депутат Баҳодиржон Сидиқов тәрепинен «Саманбай», «Анасай», «Әмиўдәрья» ҳәм «Жийдели байсын» МПЖ нураныйлары ушын Бухара ҳәм Самарқанд қаласына саяхат шөлкемлестирилди.
Ишки туризм шеңберинде шөлкемлестирилген саяхат даўамында 40 нураный Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятларының тарийхы, мәдений мийраслары, мәденияты менен кеңнен танысты.
Саяхат даўамында нураныйлар мәдений дем алып, өзгеше тәсирлер менен қайтты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




