Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы республикамыздың ең шетки аймақлары болған Шуқырқақ ҳәм Қумбасқан аўыллары турғынлары менен ушырасты

Бүгинги күнде халқымыздың турмыс абаданлығын тәмийинлеў, олардың жасаў шараятын жақсылаў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылып атыр. Баслы мақсет, пуқараларымыздың күнделикли турмысынан разы етиў. Усы бағдарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда көшпели қабыллаўлар өткерип, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў илажларын көрип атыр.

Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы пайтахттан дерлик 230 км қашықлықта жайласқан Шуқырқақ аўылында болды ҳәм аўыл турғынлары менен ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда Шуқырқақ аўылы турғынлары тәрепинен билдирилген бир қанша мүрәжатлары шешимин тапты.

Соннан, аймақтағы ишки хожалық жолларына қум-щебень араласпасын төсеў, пуқаралар үйлерине таза ишимлик суўын жеткерип бериў қурылмасын оңлаў, транспорт хызметин жолға қойыў, артезиан қудықларын қазып бериў, аўыллық шыпакерлик пунктин электр энергиясы, яғный қуяш панели менен тәмийинлеў, шыпакерге айлық үстеме төлемин жолға қойыў, мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына жеңиллетилген түрде қабылланыўын жолға қойыў, қуяш панеллерин орнатып бериў, қол телефон байланысын жолға қойыў, аймақ жасларының шуғылланыўы ушын workout майданшасын шөлкемлестириў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша билдирилген мүрәжатлар шешимин табатуғын болды.

 

Атап өтиў керек, бүгинги күнде Шуқырқақ аўыл пуқаралар жыйынында 600 ден аслам пуқара жасайтуғын болып, аўыл турғынлары тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланады. 2002-жылда шөлкемлестирилген мәҳәлле пуқаралар жыйыны жәми 6 халық жасаў пункти, соннан Шуқырқақ, Нысан, Алпыс, Кемпир труба, Баймурат ҳәм Байдаўлет пунктлеринен ибарат.

Күнниң екинши ярымында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районының Қумбасқан аўылында болып, пуқаралар менен ушырасты.

Тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланатуғын Қумбасқан аўыл пуқаралар жыйынында 1500 ден аслам пуқара жасап атырған болып, аўыл Төрткүл районы орайынан 70 км ден зыят қашықлықта жайласқан.

 

Болып өткен ушырасыўда пуқаралар тәрепинен бир қанша мүрәжатлар билдирилип, көпшилиги сол орынның өзинде шешимин таўып, мүрәжатлар қанаатландырылды.

Соннан, пуқаралар үйлерине таза ишимлик суўын жеткерип бериў қурылмасын, ишки жолларды ҳәм аймаққа алып барыўшы жолды оңлаў, электр тәмийнатын жақсылаў мақсетинде темирбетон бағаналарды жаңасына алмастырыў, пуқаралар үйлерине көмир жеткерип бериў, аўылдағы бақша алдына жазғы майданша қурып бериў, дәрихана шөлкемлестириў, спорт майданшасын қурып бериў, мектеп имаратын толық оңлаў, транспорт хызметин жолға қойыў, артезиан қудықларын қазып бериў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша мүрәжатлар билдирилип, көпшилиги сол орынның өзинде шешимин тапты. Ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилип, тез арада шешип берилетуғынлығы билдирилди.

 

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев аймақларда пуқаралардың үйлерине барып, олардың жасаў шараятларын өз көзи менен көрди ҳәм олардың турмыс шараятын жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Соның менен бирге бақша балаларына саўғалар менен кийим-кеншек, мектеплерге китаплар, жәрдемге мүтәж пуқараларға қымбат баҳалы саўғалар инәм етилди.

Бүгинги күнде әмелге асырылып атырған барлық реформалар ҳәм өзгерислер пуқараларымыздың турмыс абаданлығында өз сәўлесин табыўы керек ҳәм бул әмелде шын мәнисинде орынланып атыр. Аймақларда пуқараларымыздың турмыслық машқалаларына шешим табыў ҳәм олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы жумыслар еледе даўам етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ең шетки аймақларда жасаўшы турғынлар менен ушырасыўды ҳәм олардан хабар алыўды даўам етпекте.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети