Елимизде алып барылып атырған реформалар ҳәм әмелге асырылып атырған ийгиликли басламалар пуқараларымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында хызмет етиўи тийис ҳәм бул бойынша әмелий жумыслар реал өмирде өз сәўлесин таўып атыр. Усыған қарамай, айырым басшылар тәрепинен өз жумысына немқурайлық пенен қарап, белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда артта қалыўшылық жағдайларына жол қойып атырғанлығы да сыр емес.
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болып, Жоқарғы Кеңес Баслығы тапсырмасына бола өткерилген үйрениўлер нәтийжеси бойынша район белсендилери ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасыўында мәжилис өткерген еди.
Болып өткен мәжилисте айырым тараў басшылары сынға алынып, Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары, пәрманлар, мәмлекетлик бағдарламалар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўде жол қойған қәте-кемшиликлери ушын қатаң ескертилди ҳәм интизамый жаза шарасы қолланылды.
Соннан, Елликқала районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Жарасбаев Асан Азиевич Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийлиги менен лаўазымынан босатылды.
Сондай-ақ, Елликқала районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы Алимов Бабур Қахрамон ўғли ҳәм Елликқала районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Ражапбаев Усманбек Каромаддиновичке «Сөгис» жәрияланды.
Жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын белгиленген жеңиллетилген кредит қаржыларының мақсетсиз ажыратылыўына жол қойғанлығы ушын «Ибн-сино» мәҳәллесиниң ҳәким жәрдемшиси Г.Рўзимбетов ийелеп турған лаўазымынан азат етилди.
«Гулдирсин» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси У.Рузматов, «Шарқ жулдызы» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси Ш.Қўшназаров, «Думанқала» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси А.Тўхтабаев, «Амирабад» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси В.Қурбанбаев, «Ташкент» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси К.Ниязимбетов, «Гулистан» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси Х.Айитбаев, «Ақ алтын» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси А.Жақсиликов, «Дослық» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси О.Рахимбоев, «Сарабий» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси Р.Матсапаев, «Чўпон» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси Ў.Шарипов, «Аязқала» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси А.Аминов, «Бостан» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси Д.Алимов, «А.Наўайы» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси Б.Кучкаров, «Абай» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси С.Кенжаев ҳәм «Қаватқала» мәҳәллеси ҳәким жәрдемшиси О.Туребаевларға интизамий жаза шарасы қолланылып, «Сөгис» жәрияланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




