Елимизде барлық реформалар инсан қәдири ҳәм оның бүгинги турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеў ушын әмелге асырылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың барлық аймақларында болып, пуқаралар менен ушырасыўлар ҳәм көшпели қабыллаўлар өткерип, олардың машқалаларын шешиў иләжларын көрмекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жақында республикамыздың ең шетки шегара аймағы болған Қарақалпақстан ҳәм Жаслық посёлкаларында болып, аймақ турғынлары ушын көшпели қабыллаў өткерген еди.
Бүгин республикамыз басшысы Аманбай Орынбаев Қоңырат районынан дерлик 200 км қашықлықтағы Устирт тегислиги үстинде жайласқан Қубла Устирт аўылында болып, аўыл турғынлары менен ушырасты.
Қубла Устирт аўылы газ компрессор станциясы әтирапында жайласқан болып, 200 ден аслам пуқара жасайды.



Ушырасыў даўамында аўыл турғынлары тәрепинен билдирилген мүрәжатлар ҳәм олардың тилек-өтинишлери унамлы шешимин тапты.
Мәселен, Қубла Устирт аўылы ушын медициналық көрик шөлкемлестириў, аўыл мийирбийкеси ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм айлық мийнет ҳақысына үстеме қосыў мәселеси, аўылдағы 23 бақша жасындағы бала ушын бар болған мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын жаңадан реконструкциялаў ҳәм тәрбияшы штат бирликлерин ашып бериў менен бирге аўыл турғынларын жумыс пенен тәмийинлеў, газ есаплағышларын орнатыў, аўылға алып баратуғын жолды оңлаў, мектеп имаратын реконструкциялаў, материаллық жәрдем көрсетиў мәселелери сол орынның өзинде унамлы шешилип, тараў жуўапкерлерине қысқа мүддетте орынлаў бойынша анық тапсырмалар белгилеп берилди. Буның нәтийжесинде жыллар даўамында қыйнап келген мәселелер бойынша аўыл халқының мүшкили жеңилленетуғын болды.







Ҳеш бир мүрәжат итибардан шетте қалмаўы ҳәм өз шешимин табыўы керек. Ҳүрметли Президентимиз сөзи менен айтқанда «Халқымыз ертең емес, узақ келешекте емес, әйне бүгин өз турмысында унамлы өзгерислер көриўди қалейди». Бугинги күнде республикамызда алып барылып атырған барлық ийгиликли ислер ҳәм басламалар инсанлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған болып, бул жумыслар буннан былай да даўам етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




