Бүгинги күнде мәмлекетимизде кең көлемли реформалар алып барылып атырған болып, «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында республикамыздың барлық орынларында әмелий жумыслар даўам етпекте. Бул бағдарда аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў, социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеўге тийкар болыўшы бир қанша тийисли қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип атыр. Усыған қарамай, айырым басшылар тәрепинен өз жумысына немқурайлық пенен қараўы себепли қарар ҳәм пәрманлар, берилген тапсырмалар орынланбай қалыў жағдайлары да ушырасып атыр.
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болып, Жоқарғы Кеңес Баслығы тапсырмасына бола өткерилген үйрениўлер нәтийжеси бойынша район белсендилери ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасыўында мәжилис өткерген еди.
Мәжилисте айырым тараў басшылары сынға алынып, Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары, пәрманлар, мәмлекетлик бағдарламалар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўде жол қойған қәте-кемшиликлери ушын қатаң ескертилди ҳәм интизамый жаза шарасы қолланылды.
Соннан, Қараөзек районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы Азербаев Қуанышбай Кошкинбаевичке, Қараөзек районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Аметов Ғайратдин Махаматдиновичке ҳәм Қараөзек районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Косыбаев Ильич Балтабаевичке Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийлиги менен «Сөгис» жәрияланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




