Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенати ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенати арасындағы бирге ислесиў бойынша комиссияның үшинши мәжлисинде қатнасты

Усы жылдың 28-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенати ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенати арасындағы бирге ислесиў бойынша комиссияның үшинши мәжлиси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Мәжилисте экология тараўында бирге ислесиў, соннан, Арал теңизин тиклеў, оның экосистемасын қорғаў бойынша қоспа бағдарламалар ҳәм ис-илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, әмелге асырылып атырған жаңа жойбарлар көрип шығылды. Соның менен бирге, Аралбойы аймағында экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған ис-илажлар ҳаққында кеңирек мағлыўмат берилди.

Актуал мәселелерди шешиўде парламентлераралық ҳәм халықаралық имканиятлардан пайдаланыў әҳмийетлилиги айрықша атап өтилди.

Соннан, экологиялық машқалаларды шешиў ҳәм Арал теңизи апатшылығы ақыбетлерине қарсы гүресиў ҳәр еки мәмлекет ушын да стратегиялық әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев экологиялық машқалаларды жумсартыў ҳәм Аралбойы аймағы халқы ушын зәрүр шараят жаратыў бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Буннан тысқары, Арал теңизиниң қурыған ултанын көклемзарластырыў ҳәм «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде климат өзгериўи ақыбетлерин сапластырыў, терекликлерди көбейтиў арқалы өсимликлерди қорғаў, тиклеў ҳәм көбейтиў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў бағдарында пикир-усыныслар билдирилди.

Тәреплер усы бағдарда илимий-изертлеў жумысларын еледе раўажландырыў ҳәм Арал машқаласын глобал көлемде көтериў, оны келеси қоспа илажлар күн тәртибине киргизиўде биргеликтеги жумысларды әмелге асырыў бойынша келисип алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети