Республикамыз аймағында қорғаныўды шөлкемлестириў бойынша комплекс ҳәмде арнаўлы тактикалық оқыў-шынығыўлары өткерилди.
Өткерилген тактикалық шынығыўларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бақлап барды.

Комплекс тактикалық шынығыўларда шегара әскерий бөлимлери жаўынгерлик нәўбетшилик ўақтында шәртли терроршылар ҳүжимин қайтарды.


Арнаўлы тактикалық оқыў-шынығыўларда болса, шәртли түрде темир жол транспортында ҳәм көп қабатлы имаратта тутқынға алынғанлар азат етилди. Блокпостқа қарата қылынған ҳүжимлер қайтарылды.



Сондай-ақ, мергенлер жуплығы тәрепинен елатлы пунктиндеги шәртли душпан жоқ етилди.


Жаўынгерлик сызықта жайласқан арнаўлы тактикалық шынығыўлар Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия бойынша Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер, Айрықша жағдайлар ҳәмде Денсаўлықты сақлаў министрликлери бөлимлери менен биргеликте өткерилди.
Тактикалық шынығыўларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Қорғаныў министрлиги админстрациясы, әскерий округлер ўәкиллери, аймақтағы күш дүзилмелери бақлап барды.







Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




