Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жаңадан қурып питкерилген жол өткизгишти ашып берди

Бүгин халықаралық әҳмийетке ийе А-380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының 761.1 км.де жайласқан жол өткизгиштиң ашылыўы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Улыўма узынлығы 1400 метр, ени 14.5, бийиклиги 10 метр болған жол өткизгиш қурылысы Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен алып барылған болып, темир жол үстинен өтиўши еки полосалы көпир пайдаланыўға тапсырылды.

Айтып өтиў орынлы, улыўма пайдаланыўдағы халықаралық әҳмийетке ийе А-380 жолында жайласқан жол өткизгиш республикамыздың қубла районлары менен байланыстырыўда әҳмийетли ҳәм “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолы халықаралық “Е-40” автомагистралының республикамыз аймағынан өтиўши бир бөлими есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жол салған, көпир қурған ең саўаплы ислердиң бири екенлиги, сондай-ақ, жаңадан қурып питкерилген көпир ҳәм усы магистрал жол арқалы республикамыз аймағынан халықаралық транспорт ағымы ҳәм жүк тасылыўы кеңейиўине жол ашылатуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети