Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районында болды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы бир қатар қурылыс объектлери, соның ишинде “Қоңыраткөл” мәҳәллесиндеги 14-санлы балалар бақшасы имаратын ҳәм “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшилик пикири тийкарында “Қараой” мәҳәллесиндеги “Мәденият орайы” имаратын оңлаў жумысларын барып көрди. Қурылыс жумысларын қадағалап барыў, белгиленген мүддеттен артқа қалыўлар ушын тийисли шаралар көриў ҳәм қурылыслардың сапалы етип жуўмақланыўын қадағалаў ушын тараў ўәкиллерине ҳәм тийисли уйымларға тапсырмалар берди.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы барлық министрлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары, сондай-ақ, Тахтакөпир районы мәкеме, кәрхана басшылары ҳәмде район белсендилери қатнасыўында мәжилис өткерди.

Өткерилген мәжилисте Тахтакөпир районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, пуқаралар турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда айырым тараў ўәкиллери тәрепинен жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.

Өткерилген мәжилисте пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ажыратылған субсидия қаржыларының талан-тараж етилгенлиги, кредит қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, районлық банк филиаллары ҳәм ҳәким жәрдемшилериниң қаржыларды мақсетсиз жумсаў, айырым фермер хожалықлары тәрепинен ажыратылған кредитлер нақластырылып жумсап жиберилиўи, қурылыс тараўындағы қосып жазыў ҳәм тажалан-тараж етиў жағдайлары ҳәм билимлендириў тараўындағы қәте-кемшиликлер сынға алынды.

Сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў секторлар кесиминде қанаатландырарсыз екенлиги, транспорт, медицина, билимлендириў, кадастр тараўларындағы қәте-кемшиликлер, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўындағы артта қалыўлар да атап өтилди.

Мәжилисте тараўлардағы кемшиликлер ҳәм нызам бузыўшылық жағдайларын сапластырыў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.

Мәжилис жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев быйылғы жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеў ушын жәми 9,9 млрд. сўмлық қаржы ажыратылатуғынлығын атап өтти.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети