Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың туризм потенциалын раўажландырыўға арналған мәжилис өткерди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз аймағында туризмди раўажландырыў ҳәм бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар, тараўда ушырасып атырған машқалаларға арналған мәжилис өткерди.

 

Бүгинги күнде барлық тараўлар қатарында туризмди раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылып атырған болып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Буны сонғы жыллары елимизге келиўши туристлер санының бирқанша артыўынан-ақ билсек болады. Туризм экономиканың әҳмийетли тараўлары болып есапланған транспорт, байланыс, қурылыс ҳәм аўыл хожалығына өзиниң күшли тәсирин тийгизеди.

Өткерилген мәжилисте туризм тараўын раўажландырыў бойынша айырым министрлик, мәкеме ҳәм кәрханалар тәрепинен алып барылып атырған жумыслары талап дәрежесинде шөлкемлестирилмегенлиги атап өтилип, айырым басшылардың жумысы сынға алынды. Бунда туристлик маршрутты кеңейтиў ҳәм тур пакетлерди көбейтиў мақсетинде туристлик кәрхана ҳәм тур-операторлары менен бирге ислесиўде тийисли жумыслар алып барылмағанлығы атап өтилип, тараўды раўажландырыў бағдарында жол қойылып атырған қате-кемшиликлерге токталып өтилди.

Сондай-ақ, мәдений мийрас объектлерин сақлап калыў бойынша реставрация ҳәм консервация жумыслары надурыс, яғный реставрация қағыйдаларын сақламаған ҳалда алып барылып атырғанлығы да сынға алынып, жуўапкер мәкемелер басшылары ескертилди.

Өткерилген мәжилисте туризм тараўын раўажландырыў, елимизге туристлер ағымын кеңирек тартыў, мәдений мийрас объектлериниң ҳақыйқый (аутентикалық) көринисин сақлап қалыў, миллий мадениятымызды үгит-нәсиятлаў бағдарында бар болған машқалалар ҳаққында сөз етилип, тийисли тараў ўәкиллерине анық тапсырмалар белгилеп берилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети