Өзбек тилине тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 21-октябрь Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен “Қәдириң бәлент болсын, ана тилим” ураны асында байрам илажы болып өтти.

Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, мәмлекетлик тилимизге болған ҳүрмет – бул көп миллетли халқымыздың руўхый дүньясын және де байытыўға, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаўға ҳәмде оларды улуғлаўға деген ғамхорлықтың көриниси саналады.

Соңғы жыллары елимизде өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырай-мәртебесин арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен белгили ойшыл ҳәм жазыўшыларымыздың атлары менен аталған дөретиўшилик мектеплериниң ашылғаны, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң шөлкемлестирилгени кеўиллерде миллий мақтаныш сезимлерин оятады.

Әсиресе, бул бағдарда ана тилимизди терең үйрениў, оны илимий тийкарларда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў илажларының жаңа басқышларға көтерилгени – бул елимизде мәмлекетлик тилге болған айрықша итибардың көриниси саналады.

Сондай-ақ, бул бағдарда энциклопедия ҳəм сөзликлерди, сабақлықлар менен оқыў қолланбаларын баспадан шығарыў сыяқлы ийгиликли ислерде əмелге асырылмақта.

Əлбетте, бул өз гезегинде мәмлекетлик тилимиздиң халықаралық майдандағы абырайын жәнеде арттырыўда әҳмийетли орын тутпақта.

Соны умытпаўымыз тийис, мәмлекетлик тилдиң таза сақланыўы – бул елимиздиң раўажланыўын ҳәмде халқымыздың келешегин белгилейди.

Ол өсип киятырған жасларды ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда ҳәм миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлеримизди қәстерлеп-сақлаўда әҳмийетли орын ийелейди.

Буннан тысқары, мәмлекетлик тилди сақлаў ҳәр қыйлы жат идеялар бизиң идеологиямызға қәўип салып атырған бүгингидей глобалласыў дәўиринде ҳәр биримиз ушын халқымыз алдындағы перзентлик парызымыз болып табылады.

Байрам мүнәсибети менен бир топар өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғәллимлерине естелик саўғалары тапсырылды.

Илаж даўамында көркем-өнер шеберлери тәрепинен байрам концерти жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети