Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2022-жыл 21-июньдағы 33-сессиясында ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң есабаты тыңланып, тийисли қарар қабыл етилген еди.

Усы сессия қарарында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова кирис сөз бенен ашып берди. Соң Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен республика аймағында 2022-жылдың 9 айында ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасарының есабаты, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 21-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасыныӊ жәмийетлик қәўипсизлиги концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы 27-санлы Пәрманында белгиленген жәмийет қәўипсизлигин тәмийинлеўши субъектлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Автомобиль жолларында инсан қәўипсизлигин исенимли тәмийинлеў ҳәм өлим жағдайларын кескин кемейтиў ис-илажлары ҳаққында»ғы 190-санлы Қарарына муўапық аймақлық комиссиясының есабаты тыңланды.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетине ағза депутатлары менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги ҳәм басқа да тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.

Онда күн тәртибиндеги мәселелер толығы менен қарап шығылды. Соның менен бирге Концепция бойынша жәмийет қәўипсизлигин тәмийинлеў ўазыйпалары белгиленген тийисли мәмлекетлик уйымлардың бүгинги күндеги жумыслары сын көз қарастан додаланып, комитеттиң тийисли шешими қабыл етилди.

Атап өтилген мәселе бойынша усыныслар берилип, бул жумыслардың алдағы ўақытта қатаң қадағалаўға алынып, ҳәр шерек жуўмағы менен турақлы түрде Жоқарғы Кеңес тәрепинен көрип шығылатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети