Өзбекстан – Саудия Арабстаны: парламентлер аралық бирге ислесиў беккемленеди

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Танзила Норбоева Саудия Арабстаны Патшалығының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юсуф бин Солиҳ ал-Утайбий менен ушырасты.

Т.Норбоева Юсуф ал-Утайбийди Саудия Арабстаны Патшалығының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси лаўазымына тайынланғаны және елимизде дипломатиялық миссиясын баслағаны менен қутлықлады.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Еки муқаддес мешит хызметкери – Саудия Арабстаны Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Саудтың мирәт етиўине бола усы жылдың 17-18-август күнлери бул мәмлекетке әмелге асырған мәмлекетлик сапары еки тәреплеме қатнасықларда бирге ислесиўди сапа жағынан жоқары басқышқа көтергени айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды және де кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўында парламентлер аралық байланыслар әҳмийетли фактор екени, бул бағдарда мәмлекетлеримиз парламентлеринде шөлкемлестирилген дослық топарлары арасындағы өз-ара бирге ислесиўди және де жеделлестириў ҳәм әмелий нәтийжелер менен байытыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў, ҳәр қыйлы дәрежедеги делегациялар сапарларын турақлы шөлкемлестириў, сондай-ақ, парламентлердеги комитетлер арасында байланысларды жолға қойыўға келисип алынды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети