Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районындағы текстил фабрикасы қурылысы менен танысты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Ақтуба АПЖ аймағындағы жаңадан қурылып атырған «Aqtuba textil group» ЖШЖ қурылысында болды.

Жаңадан қурылып атырған кәрхананың қурылыс жумысларын өз ўақтында ҳәм сапалы етип жуўмақлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Соның менен бирге кәрханада жумыс баслаў ушын арнаўлы курсларда оқытылып атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.

Айтып өтиў орынлы, жойбардың улыўма баҳасы 30 млрд. сўм болып, қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң, 500 ҳаял-қызды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети