Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасына муўапық Мойнақ районында үйрениў жумыслары алып барылмақта

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усы жылдың 23-сентябрь күни Мойнақ районының социаллық-экономикалық жағдайы, районда бүгинги күнде халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болып, бир қатар кемшиликлерди сынға алған еди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Мойнақ районында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының әскерий мәселелер бойынша кеңесгөйи Б.Ажиниязовты жуўапкер етип бекиткен еди.

Республикамыз басшысы тәрепинен берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Б.Ажиниязов тәрепинен Мойнақ районында бир қанша үйрениў жумыслары алып барылды.

Дәслеп Мойнақ районы «Қызыл жар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жаңадан қурылып атырған медициналық континер, «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жаңадан бой тиклеп атырған балалар бақшасы, мәҳәллелердеги жасыл қапламалы киши футбол майданшаларының қурылыс жумыслары көрип шығылып, қурылыс жумысларын жеделлестириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, район орайындағы «Мойнақ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы жаңадан қурылып атырған мәҳәлле имәратының қурылысы, «Жайхун» МПЖ аймағындағы ҳәм «Таллы-өзек» МПЖ аймағындағы пиядалар жолының қурылыс жумысларын Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен белгиленген мүддетте сапалы етип жуўмақлаў илажлары көрилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети