Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районының социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, аймақтың инфраструктурасын еледе раўажландырыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў жолында алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы район орайындағы “Қутлы мәкан” МПЖ аймағында жайласқан 2-санлы ҳәм 28-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде алып барылып атырған ири оңлаў жумысларын көзден өткерди. Айтып өтиў орынлы, бул еки мектеп имаратларында қурылыс жумыслары белгиленген мүддеттен артта қалып атырған болып, Жоқарғы Кеңес Баслығы бул бойынша қадағалаўға алыўды ҳәм зәрүр болса жуўапкершиликке тартыў шарасын көриўди тийисли тараў ўәкиллерине тапсырды.


Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев барлық министрлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары, сондай-ақ, Караөзек районы мекеме, кәрхана басшылары ҳәмде район белсендилери қатнасыўында мәжилис өткерди.
Онда Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар ҳәм айырым тараў ўәкиллери тәрепинен жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Мәжилисте ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны, буның айқын мысалы ретинде, усы жылдың 31-август күнги Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын қабыл етилген тарийхый Пәрманға айрықша тоқталып өтилди.

Өткерилген мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы коммерциялық банклер өз имканиятынан жетерли дарежеде пайдаланбай атырғанлығы, бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы ҳәмде ажыратылып атырған жеңиллетилген кредитлер мүтәж пуқараларға берилместен, мәнзилсиз жумсалған жағдайлары ушырасып, инвестиция, ҳәм басқа мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында алып барылыўы тийис қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыўдағы кемшиликлер, райондағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары талап дәрежесинде емеслиги бойынша жуўапкерлерди қатаң сынға алды ҳәм тийисли тараў басшыларына қадағалаўға алыў, жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп берди.
Мәжилис даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан еледе раўажландырыў бойынша анық илажлар көриў зәрүрлигин атап өтип, әсиресе, бул бағдарда районда жаңа жумыс орынларын жаратыў, сырт ел инвестицияларын тартыў, санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў тараўларында жойбарларды иске түсириў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, социаллық, ислеп шығарыў, жол, ишимлик суў объектлеринде қурылыс оңлаў жумысларын жеделлестириў кереклигине тоқталып өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев райондағы алып барылып атырған жумысларды ҳәм берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети баслығы Д.Утамбетовты жуўапкер етип бекитти.
Мәжилис жуўмағында быйылғы жыл жуўмағына шекем Қараөзек районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 10,5 млрд. сўмлық қаржы ажыратылатуғынлығы айрықша атап өтилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




