Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районының социал-экономикалық жағдайы, районда бүгинги күнде халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болып, кемшиликлерди сынға алды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў мəселелери бойынша комитети баслығы З.Реймованы Нөкис районына жуўапкер етип бекиткен еди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы З.Реймова тәрепинен бир қанша үйрениў жумыслары алып барылды.
Мәселен, «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 2 км узынлықтағы пиядалар жолын салыў белгиленип, “UNIVERSAL PREMIUM STROY” ЖШЖ тәрепинен қурылыс жумыслары еле басланбастан турғанлығы анықланды. Аймақтыӊ сектор басшысы ҳәм ЖШЖ баслығына қурылыс жумысларын өз ўақтында жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Район орайындағы 1-санлы ҳәм Төктаў” МПЖдағы 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң қурылыс жумысларыныӊ сапасына итибар қаратыў ҳәм өз мүддетинде пайдаланыўға тапсырыў лазымлығы түсиндирилди.
Жаӊадан салынып атырған Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратыныӊ қурылысы ушын республика бюджети есабынан 3 млрд. 800 млн. сўм қаржы ажыратылып, “Қалбах қурылыс” ЖШЖ тәрепинен қурылыс жумыслары әмелге асырылыўы белгиленген болсада, бүгинги күнде жумыслар тоқтап қалғанлығы анықланды ҳәм қадағалаўға алынып, немқурайдылық ушын жаза белгиленетуғынлығы ескертилди.
Соныда атап өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районына болған сапары даўамында райондағы қурылыс жумысларының мүддетинен артта қалып атырғанлығын қатаң сынған алып, тараў жуўапкерлери ескертилген еди.
Соның менен бирге жумысындағы қәте кемшиликлер ҳәм немқурайдылық мүнәсибети ушын Нөкис районы ҳәкиминиң биринши орынбасары жумыстан босатылып, еки орынбасарына сөгис жәрияланған еди. Усылар менен бир қатарда бир ҳәким жәрдемшиси менен районлық ирригация бөлими баслығы да лаўазымнан босатылған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети






