Республикамыздың барлық районларында Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күни қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында» ғы 213-санлы пәрманының мазмун-әҳмийетин үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылып атыр.
Бүгин Пәрманның мәнис-мазмунын түсиндириў бойынша Қоңырат районында мәжилис болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Орынбасары А.Давлетов тәрепинен Пәрман орынланыўы шеңберинде республиканың социал-экономикалық жағдайын жақсылаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың турмыс шараяты ҳәм абаданлығын тәмийинлеў бойынша белгиленген ўазыйпаларға тоқталып өтилди.
Өткерилген мәжилисте пәрман мазмун-әҳмийетин еледе кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм бул бағдарда әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.
Бундай илаж Мойнақ районында да даўам етти.




Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




