Халық разылығы жолындағы үлгили ҳәм ийгиликли ислер жемиси

Республикамызда Ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссиясы тәрепинен өткерилип киятырған «Ең жақсы сектор баслығы», «Ең жақсы мәҳәлле баслығы», Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси», «Ең жақсы жаслар жетекшиси», «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» ҳәм «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ерисилген нәтийжелер менен қутлықлады ҳәм бул бағдарда халқымызды, жасларымызды ҳәмде ҳаял-қызларымызды қоллап-қуўатлаў ушын барлық имканиятлардан пайдаланыўды еледе кеңңен ен жайдырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

 

Буннан соң сыйлықлаў мәресими басланды.

Онда,

«Ең жақсы мәҳәлле баслығы» номинациясы бойынша:

1-орын Шымбай районы “Бердақ” мәҳелле пуқаралар жыйыны баслығы Палванова Фатима Маратовна;

2-орын Нөкис қаласы “Наўқан бағ” мәҳелле пуқаралар жыйыны баслығы Айтбаева Замира Жолдашовна;

3-орын Кегейли районы “Гүжимтерек” мәҳелле пуқаралар жыйыны баслығы Жумамуратов Бахтияр Жадигерович.

 

«Ең жақсы сектор басшысы» номинациясы бойынша:

1-орын Қанлықөл районы ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор басшысы Урумбаев Фархат Турсынбаевич;

2-орын Қораөзек районы прокуроры, 2-сектор басшысы Джолманов Нажимаддин Баймурзаевич;

3-орын Хожели районы мәмлекетлик салық инспекцияси баслығы ўазыйпасын орынлаўшысы, 4-сектор басшысы Ниятуллаев Пердебай Жумабаевич.

 

«Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» номинациясы бойынша:

1-орын Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийетине қараслы “БЕРНИНА НУКУС” шуба кәрханасы директоры Даулетиярова Паршагул Муратбаевна;

2-орын Кегeйли районы “RUS-ISLAM-SULTAN” шаңараклық кәрханасы  баслығы Раметова Айжамал Толыбаевна;

3-орын Қоңырат районы “WUNDERKIND IN KUNGRAD” мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси баслығы Абдуллаева Дилноз Кенгесбаевна.

 

«Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси» номинациясы бойынша:

1-орын Қоңырат районы “Қарақалпақстан” қалаша пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Аметова Жамила Жанибековна;

2-орын Шоманай районы “Мәденият” мәҳәлле пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Қыдырбаев Бахтияр Рейимбаевич;

3-орын Төрткүл районы “Маказобод” мәҳәлле пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Кучкаров Акмалжан Икрамович.

 

«Ең жақсы жаслар жетекшиси» номинациясы бойынша:

1-орын Өзбекстан Республикасы Жаслар агентлиги Қоңырат район бөлиминиң “Миңжарған” мәҳелле пуқаралар жыйынындағы жаслар жетекшиси Мамбетярова Улбосин Мусатдин қызы;

2-орын Өзбекстан Республикасы Жаслар агентлиги Әмиўдәрья район бөлиминиң “Қиличбой” аўыл пуқаралар жыйынындағы жаслар жетекшиси Отамуратов Жасурбек Қурбонбой улы;

3-орын Өзбекстан Республикасы Жаслар агентлиги Тақыятас район бөлиминиң “Халықлар дослығы” мәҳелле пуқаралар жыйынындағы жаслар жетекшиси Жолдасбаев Султанбек Қоныратбай улы.

 

«Ең жақсы ҳаял-қызлар жетекшиси» номинациясы бойынша:

1-орын Беруний районы “Қызылқала” аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Нуримбетова Наргиза Давлетбаевна;

2-орын Шоманай районы “Мамый” аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Салиева Наргиза Зинуллаевна;

3-орын Тахтакөпир районы “А.Адилов” аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Бахбергенова Камшат Шохановналар хошаметленди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети