Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти

Бүгин Шымбай районында Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў, Кегейли ҳәм Нөкис районы пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Мухаммадиев қатнасты.
Өткерилген қабыллаўда жеке қабыллаўға жазылған дизим бойынша пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.

Пуқаралар тәрепинен тийкарынан социаллық, материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер, бәнтлигин тәмийинлеў, билимлендириў, исбилерменлик искерлигиндеги ушырасып атырған машқалалар, газ, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм ишки жоллар бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда 469 мәселеде 456 мүрәжат келип түскен болып, соннан 242 машқала орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Мәселен, Тахтакөпир районы турғыны Бауыржан Кыдырбаевқа 15 миллион материаллық жәрдем берилген болса, Светлана Мадреймованың перзентине контракт пуллары төлеп берилетуғын болды.
Бозатаў районы турғыны Исметова Гүлсараның турақ жайының кадастр ҳүжжетлери жоқ екенлиги бойынша еткен мүрәжаты оның кем тәмийинленгенлиги есапқа алынып, сол орынның өзинде кадастр хүжжетлери бийпул рәсмийлестирилип берилди.

Шымбай районы Абат МПЖ турғыны Разбеков Кеўлимжайдың МПЖ аймағындағы көшелерге, Қараөзек районы Есим өзек АПЖ турғыны Сүйеўбай Есжановтың аўыл аймағына ЩПС (Қум щебен араласпасын) төсеў бойынша еткен мүрәжатлары да сол орынның өзинде унамлы шешилип, аймаққа керекли болған ЩПС материалы жеткерип берилетуғын болды.

Кегейли районы Ақтуба АПЖ турғыны болған көп балалы ана Турғанбаева Феруза апаның турақ жай бойынша еткен мүрәжаты унамлы шешилип Жылўанжап МПЖдан 4 ханалы социаллық турақ жай берилди.

Әлбетте, пуқаралар машқалаларын шешиў жолындағы бундай қабыллаўлар елимизде инсан қәдири ушын принципинде алып барылып атырған реформалардың және бир көриниси болары сөзсиз.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети