Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Мүғәллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы

Қәдирли устазлар!

Ең дәслеп, сиз әзизлерди, тәлим-тәрбия тараўының барлық хызметкерлерин улыўма халықлық байрам — Мүғәллимлер ҳәм устазлар күни менен шын жүрегимнен қутлықлайман.

Бүгинги қутлы сәнеде сиз-пидайы устазларға кеўлимизде, жүрегимизде болған ҳүрметимизди ҳәм жақсы тилеклеримизди сөз бенен жеткерип бериў қыйын, әлбетте. Өйткени, сизлер дүньядағы ең бийбаҳа байлықты жаратыў, оны халқымызға, өнип-өсип киятырған жас әўладқа жеткериў жолында аянбай мийнет етип атырған уллы инсанларсыз.

Мәмлекетимизде соңғы жылларда илим ҳәм тәлим-тәрбия тараўын мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли жөнелисине айландырыўға қаратылған, перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме жетик, кәмил инсан болып жетилисиўине ҳәм өмирде өз орнын табыўына хызмет ететуғын бирден-бир система жаратылмақта.

Бүгингидей жаңаланыўлар процессинде мүғәллим ҳәм устазлардың кәсибине деген жуўапкершилиги түп-тийкарынан өзгерип, олардың турақлы түрде изленип, жаңалыққа умтылып жасап атырғаны, алдыңғы билимлендириў технологиялары ҳәм методикаларын пуқта өзлестирип атырғаны оғада үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Ҳүрметли мүғәллимлер ҳәм устазлар!

Сиз, әзизлерди бүгинги байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге терең денсаўлық, шаңарағыңызға татыўлық, машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.

Аманбай Орынбаев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы