Усы жыл 30-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёевтиң Өзбекстан муғаллимлери ҳәм устазларына жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.
Қутлықлаўда атап өтилгениндей, мәмлекетимизде жаңа түрдеги ҳәм жаңа сапа басқышындағы билимлендириў дәргайлары, атап айтқанда, Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери, қәнигелескен мектеплер жумыс алып бармақта.




Жоқары билимлендириў тараўында да исенимли реформалар әмелге асырылмақта.
Салтанатлы мәжилис республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.







Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




