Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы
ҚАРАР ЕТЕДИ:
Елимизде тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириў, тараўдағы реформаларды нәтийжели әмелге асырыў, жасларға илим үйретиў ҳәм заманагɵй кәсип-ɵнерлерге бағдарлаў, оларды ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы кɵп жыллық жемисли мийнетлери ҳәмде жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар ҳәм кɵкирек белгилери менен сыйлықлансын:
«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атағы менен:
Алламбергенова Захира Қожаниязовна – Нөкис қаласы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы
Бекниязов Рустембай Исакович – Кегейли районы 34-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы
Маденова Зияда Шамуратовна – Қоңырат районы 48-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы
Муратбоева Саида Ендирбоевна – Əмиўдəрья районы 39-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы
Кудайбергенова Зибагул Джолдасбаевна – Шымбай районы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы
Овчаренко Андрей Викторович – Нөкис қаласы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы
«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы»
ҳүрметли атағы менен:
Байрыева Алмагул Қурбановна – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы баслығы
Тажимуратова Багдагул Реимбаевна – Төрткүл районы 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры
Хожаниязов Қуанышбай Утениязович – Шоманай районы 12-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы
«Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен:
Утамбетова Тамара Есемуратовна – Мийнет ветераны
«Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен:
Алламбаева Гулистан Аймуратовна – Тахтакөпир районы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры
Бекниязова Шыныгул Джанабаевна – Қараөзек районы кəсип-өнер мектебиниң директоры
Камалова Гулнора Рузимовна – Беруний районы 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы
Қырықбаева Сулыўхан Реймовна – Бозатаў районы 13-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы
Пирниязов Искендер Қудиярович – Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы оқыў ҳәм илимий жумыслары бойынша директорының орынбасары
Сейтова Шыныгул Кошербаевна – Мойнақ районы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы
Сейтимбетова Бахытгул Турдимиратовна – Қанлыкөл районы 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тəрбияшысы
Тангирбергенов Неъматджон Садуллаевич – Елликқала районы қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң үлкен оқытыўшысы
Уббиниязов Калбай Мирзабаевич – Хожели районы балалар-өспиримлер спорт мектебиниң директоры
Юсупова Дилором Амангелдиевна – Тақыятас районы 6-санлы мəмлекетлик қəнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев




