Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районының социал-экономикалық жағдайы, районда бүгинги күнде халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.
Дәслеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Нөкис районындағы қурылыс жумыслары менен танысты. Сондай-ақ, аймақтың гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў барысыда көзден өткерилип, “Саманбай” АПЖда жайласқан 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қосымша жаңа имараты қурылыс жумыслары менен танысты. Қурылыс жумысларындағы артта қалыўлар бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырма берилди.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев барлық министрлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары, сондай-ақ, Нөкис районының белсендилери, сектор басшылары, кәрхана ҳәм шөлкем баслықлары қатнасыўында мәжилис өткерди.
Өткерилген мәжилисте районның социаллық-экономикалық ҳәм инфраструктуралық жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдардағы айырым кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, ажыратылған субсидиялардың талан-тараж етилгенлиги, есабатларда қосып жазыўлар, нызам бузыўшылық жағдайлары ушырасып атырғанлығы қатаң сынға алынып, бул бойынша тийисли тараў ўәкиллерине үйрениў жумысларын алып барыў ҳәм зәрүр жағдайда шара көрилиўин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.








Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




