Бүгин Хожели районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги « Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманыныӊ мәнис-мазмунын түсиндириўге арналған мәжилис болып өтти. Мәжилисти Ⱪарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А. Давлетов ашты ҳәм алып барды.
Өткерилген мәжилиске районлық Кеӊес депутатлары, районлық сектор баслықлары, район ҳәкими орынбасарлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасып, қабыл етилген Пәрман бойынша кеңирек түсиникке ийе болды.
Айтып өтиў орынлы, республикамыздың социал-экономикалық жағдайын жақсылаў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, исбилерменликти ҳәм инновациалық технологияларды турмысқа енгизиўди қоллап-қуўатлаў, пуқаралардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў ҳәм инфраструктураны жақсылаўда қабыл етилген Пәрманның әҳмийети айрықша.
Мәжилис жуўмағында пәрман мазмун-әҳмийетин үгит-нәсиятлаўды еледе кеңнен ен жайдырыў ҳәм Пәрман орынланыўын тәмийинлеў бағдарында ўазыйпалар белгиленди.
Усындай илажлар Хожели ҳәм Қанлыкөл районларында да даўам етти.




Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




