Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаевтың арнаўлы протоколы менен Нөкис қаласы аймағындағы ишки хожалық жоллары аўыр жағдайда болған мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көшелерди оңлаў, ЩПС (қум-щебен араласпасы) төсеў ҳәм абаданластырыў жумысларын шөлкемлестириў бойынша жуўапкерлер дизими

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаевтың арнаўлы протоколы менен Нөкис қаласы аймағындағы ишки хожалық жоллары аўыр жағдайда болған мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көшелерди оңлаў, ЩПС (қум-щебен араласпасы) төсеў ҳәм абаданластырыў жумысларын шөлкемлестириў бойынша жуўапкерлер дизими:

1. «Алтын Жағыс» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев;
2. «Байтерек» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының финанс-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Н.Ерлепесов;
3. «Нәўпир» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Е.Аташов;
4. «Таслақ» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инсвестиция ҳәм сыртқы саўда министри Б.Хабибуллаев;
5. «Саманбай» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Д.Кайпов;
6. «Жайхун» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары А.Данияров;
7. «Ақ жағыс» МПЖ-Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаев;
8. «Қаратаў» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары Р.Сапарбаев;
9. «Алланияз Қахарман» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев;
10. «Нәўбәҳәр» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Э.Таджиев;
11. «Шымбай гүзары» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Б.Төребеков;
12. «Ата мәкан» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы баслығы Х.Бекчанов;
13. «Шығыс» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаев;
14. «Тынышлық» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаев;
15. «Ботаника бағы» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Финанс министри М.Содиков;
16. «Қос булақ» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбеткадиров, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммунал хожалық министри А.Досназаров;
17. «Наўқанбағ» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Нарымбетов, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Ю.Алимов, θзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяпов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри З.Бахиева;
18. «Жийдели Байсын» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри А.Реимбаев;
19. «Бестөбе» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығы А.Сапаров;
20. «Анасай» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министри Ж.Бердиханов, Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети баслығы А.Аминов, Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И.Тлеуов;
21. «Қумбыз аўыл» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети баслығы З.Камалов, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы М.Раджапов, Қарақалпақстан Республикасы Ветеренария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы М.Қайпанов;
22. «Қутлы қоныс» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Автомобил жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы М.Алламбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри С.Сапаров;
23. «Узын көл» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығы И.Казаков, Наўайы кәншилик институты Нөкис филиалы директоры А.Кайпбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты ректоры Е.Төрениязов, ТИТУ Нөкис филиалы директоры Б.Қайпбергенов;
24. «Аманлық гүзары» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы А.Давлетов;
25. «Бахшылық» МПЖ-θзбекстан Республикасы финанс министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Убайдуллаев;
26. «Жипек жолы» МПЖ-Қарақалпақстан республикасы Қазнашылық басқармасы баслығы Б.Шлымбетов;
27. «Қызыл қум» МПЖ-Қарақалпақстан республикасы Қазнашылық басқармасы баслығы Б.Шлымбетов;
28. «Қатты ағар» МПЖ-Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы баслығы Т.Ганиев;

 

Егерде усы көрсетилген аймақларда алып барылып атырған жумыслар жөнинде пикир-усынысларыңыз болса жоқарыдағы басшыларға хабарласыўыңыз мүмкин.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети