Бугин Ⱪараөзек район ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққындағы» ғы ПП 213-санлы пәрманыныӊ мазмун-мәнисин түсиндириўге байланыслы мәжилис болып өтти.
Мәжилиске Ⱪарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А. Давлетов, жергиликли Кеӊес депутатлары, районлық сектор баслықлары, район ҳәкими орынбасарлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте шығып сөйлеўшилер тәрепинен пәрманныӊ мазмун-әҳмийетин, сондай-ақ, оған тийкар жаратылып атырған имканиятлар ҳәм шараятлар бойынша кеӊнен түсиник берилип, халық арасында үгит-нәсият жумысларын еледе кеңейтиў ҳәм пәрманныӊ ҳәр бир бәнтиниӊ орынланыўы бойынша ислениўи лазым болған жумыслар белгилеп алынды.



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




