Нөкис қаласындағы «Истиқлол» балалар дем алыў бағында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Мухаммадиев қатнасты.
Өткерилген қабыллаўда жеке қабыллаўға жазылған дизим бойынша пуқаралардың мүражатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.
Пуқаралар тәрепинен тийкарынан социаллық, материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер, бәнтлигин тәмийинлеў, билимлендириў, исбилерменлик искерлигиндеги ушырасып атырған машқалалар, өз бизнесин баслаў ҳәм басқа да бағдарларда мүрәжатлар билдирилди.
Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда жәми 616 мәселеде 586 мүрәжат келип түскен болып, әмелде 370 машқала орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, қабыллаў даўамында 235 пуқараның өзин өзи бәнт етиўине көмеклесилип, 13 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленди. 92 пуқараға материаллық жәрдем ажыратыў, турақ жайын оңлаў, контракт пулларын төлеп бериў ҳәм медициналық емлениўи ушын материаллық жәрдем көрсетилди.




Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




